13.11.2026
Тил Öz Qq Ёзув Кирилл Lotin
Reklama banneri
Ҳарф ўлчами Ранг Расмлар
13.11.2026, 01:02
Сиёсат 👁 230

КОНСТИТУЦИЯ - ТИЙКАРҒЫ НЫЗАМЫМЫЗ

КОНСТИТУЦИЯ - ТИЙКАРҒЫ НЫЗАМЫМЫЗ

1993 жыл 9 апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 12-шақырық 12-сесиясында, тийкарғы Нызамымыз болған Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди. Мине бүгин усы әҳмийетли тарийхый ўақыяның жүз бергенине де 28 жыл толды, 28 жыл миллий нызамшылық тарийхында өзине тән бир дәўирди қурайды. Бул дәўирди миллий нызамшылық системасының қәлиплесиўи, ҳуқықый реформалар, нызам дөретиўшилик тәжрийбеси жүзеге келиў  дәўири деп те айтыўымыз мүмкин. Сондай-ақ, тийкарғы нызамымыз усы жыллар даўамында жәмийетте жүз берип атырған өзгерислерди ҳәм заман талапларын итибарға алған ҳалда раўажланып, жетилисип келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң ҳуқықый тийкары, халымыздың  еркинлигиниң жоқарғы көриниси болып табылады. Әҳмийети жағынан баҳа беретуғын болсақ, конституция дүнья сиясий картасында жаңа суверен демократиялық мәмлекет - Қарақалпақстан Республикасы қарар тапқанын нызамластырыў болып табылады.

Өзбекистан Республикасы қурамындағы суверен  Қарақалпақстан Республикасының суверенитети Өзбекистан Республикасы тәрепинен қорғалады. Қарақалпақстан Республикасы менен Өзбекистан Республикасының өз-ара қатнасықлары олар ортасында Өзбекистан Республикасы Конституциясы шеңберинде дүзилген шәртнамалар ҳәм келисимлер менен тәртипке салынады.

Конституция пүткил жәҳән жәмәәтшилигине халқымыздың еркин баян етип, миллий мәмлекетшилигимизди заманагөй тийкарларда қайта тиклеў, демократияны тереңлестириў, инсан ҳуқықлары ҳәм мәмлекет суверенитети идеяларына садық болыў, пуқаралар тынышлығы ҳәм миллий бирликти тәмийинлеўден ибарат екенлигин жәрия етти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы жоқары дәрежедеги нызам сыпатында мәмлекетимиз қәлпин, оның социаллық, экономикалық, сиясий дүзимин, басқарыўдың демократиялық принциплерин, жәмийеттиң раўажланыўының стратегиялық бағдарларын, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери кепилленгенлигин ҳәм де руўхый қәдириятларымыз тийкарларын беккемлеп берди.

Конституцияға муўапық ҳәр бир адам ой-пикир, сөз, исеним еркинлигине ийе, пикирлер ҳәм оларды билдириў еркинлиги мәмлекетлик ямаса басқада сырлар бойынша нызам менен шеклениўи мүмкин.

Барлық мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм лаўазымлы шахслар, пуқараларға олардың ҳуқықларына және мәплерине тийисли болған ҳүжжетлер ҳәм басқада материаллар менен танысыў мүмкиншилигин тәмийинлеўге минетли болып табылады.

Республикамыз пуқаралары жәмиийеттиң ҳәм мәмлекеттиң ислерин басқарыўға тиккелей, сондай-ақ өзлериниң ўәкиллери арқалы қатнасады, бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм мәмлекетлик уйымларды демократиялық  түрде  қәлиплестириў арқалы  әмелге  асырылады.

Мәмлекетимизде ҳәр бир адам меншик хуқықына ийе болып, олардың банк аманатларының сыр сақланыўына ҳәм мийрасхорлық ҳуқықына ҳәрекеттеги нызамлар менен кепиллик бериледи. Пуқараларымыздың мийнет етиў, жумыс түрин еркин таңлап алыў, әдил мийнет жағдайларында жумыс ислеў ҳәм нызамларда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе болып, судтың ҳүкими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген тәртиптен басқа жағдайларда мәжбүрий мийнетке тартыў қадаған етиледи.

Булардан тысқары, ҳәр бир шахс қартайғанда, мийнет етиў уқыбын жоғалтқанда, асыраўшысынан айырылғанда, ҳәрекеттеги нызамларда белгиленген басқада жағдайларда социаллық жақтан тәмийинлениў, қәнийгели медициналық хызметтен пайдаланыў ҳәм де билим алыў ҳуқықларына ийе. Пенсия, напақалар, социаллық жәрдемниң басқа түрлери рәсмий түрде белгиленген күнделикли зәрүрлик муғдарының ең аз муғдарынан кем болыўы мумкин емес.

Бийпул улыўма билим алыўға, илимий-техникалық дөретиўшилик, мәденияттың жетискенликлеринен пайдаланыўға ҳәр бир адамға мәмлекет тәрепинен кепиллик бериледи.

Жоқарыда айтып өтилген пуқаралардың хуқық ҳәм еркинликлеринен тысқары Конституциямызда пуқаралардың орынлаўы тийис болған миннетлериде белгиленген болып, пуқараларымыз Конституцияны ҳәм нызамлардың қағыйдаларын сақлаўға, басқа адамлардың хуқықларын, еркинликлерин, ар-намысын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрметлеўге, халқымыздың тарийхый, руўҳый ҳәм мәдений мийрасларын сақлаўға, бизди қоршап турған тәбийий орталыққа ықтыятлы қатнас жасаўға, нызам менен белгиленген салықларды ҳәм жергиликли жыйымларды төлеўге, нызамда белгиленген тәртипте әскерий хызметти өтеўге миннетли болып табылады.

Сондай-ақ Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикасын қорғаў ҳәр бир пуқараның Конституциялық миннети есапланады.

Жоқарыда айтып өткенимиздей Конституциямызда белгиленген инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты ҳәм басқада қол-қатылмас ҳуқықларының қорғалыўы адамзат жәмийетиниң раўажланыў басқышында ерисилген ең жоқарғы, баҳалы қәдир-қымбатлылықлардан бири есапланады.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин қорғаў, әдил суд тараўын жүзеге келтириў мақсетинде суд-ҳуқық реформалары избе-излик пенен даўам етпекте.

Жуўмақластырып айтқанда, Конституциямызда белгиленген кағыйдалар ҳәм суд-ҳуқық тараўында өткерилип атырған реформалар, суд уйымларының пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳақыйқый қорғаўшыларына айланыўына беккем имканият жаратады ҳәм де уллы келешегимиздиң ҳуқықый кепиллиги болып табылады.

А.Керимбаев, Қарақалпақстан  Республикасы суды судьясы

🎬 Видеогалерея Барчаси →
Ўрта қалъа овулида хотин-қизлар билан профилактик учрашув ўтказилди ▶ Ўрта қалъа овулида хотин-қизлар билан профилактик учрашув ўтказилди 12.11.2026 65-сонли мактабнинг янги биноси фойдаланишга топширилди ▶ 65-сонли мактабнинг янги биноси фойдаланишга топширилди 11.11.2026 Амударё туманида кузги шудгорлаш ишларини сифатли ташкил этишга алоҳида эътибор қаратилмоқда ▶ Амударё туманида кузги шудгорлаш ишларини сифатли ташкил этишга алоҳида эътибор қаратилмоқда 10.11.2026 45-сонли боғчада «Жажжи экологлар» амалий семинари бўлиб ўтди ▶ 45-сонли боғчада «Жажжи экологлар» амалий семинари бўлиб ўтди 10.11.2026 Аҳоли саломатлиги — олий қадрият ▶ Аҳоли саломатлиги — олий қадрият 09.11.2026 Амударё туманида куз-қиш мавсумига тайёргарлик ишлари ўрганилди ▶ Амударё туманида куз-қиш мавсумига тайёргарлик ишлари ўрганилди 09.11.2026 Жисмоний тайёргарликдан ўтган чақирилувчилар ҳарбий қисм вакиллари билан суҳбатлашди ▶ Жисмоний тайёргарликдан ўтган чақирилувчилар ҳарбий қисм вакиллари билан суҳбатлашди 09.11.2026 Қўриқлаш хизмати — аҳоли осойишталиги ва мулк дахлсизлигининг кафолатидир ▶ Қўриқлаш хизмати — аҳоли осойишталиги ва мулк дахлсизлигининг кафолатидир 06.11.2026 АМУДАРЁДА “ЯШИЛ МАКОН” ЛОЙИҲАСИ ДОИРАСИДАГИ ИШЛАР ИЗЧИЛ ДАВОМ ЭТМОҚДА ▶ АМУДАРЁДА “ЯШИЛ МАКОН” ЛОЙИҲАСИ ДОИРАСИДАГИ ИШЛАР ИЗЧИЛ ДАВОМ ЭТМОҚДА 06.11.2026 Боғча тарбияланувчилари учун экологик тарбия методикалари намойиш этилди ▶ Боғча тарбияланувчилари учун экологик тарбия методикалари намойиш этилди 05.11.2026 Амударё туманида ички ишлар органлари ходимларининг касб байрами кенг нишонланди ▶ Амударё туманида ички ишлар органлари ходимларининг касб байрами кенг нишонланди 05.11.2026 Меҳнат ярмаркасида 29 нафар фуқаро доимий ишга жойлаштирилди ▶ Меҳнат ярмаркасида 29 нафар фуқаро доимий ишга жойлаштирилди 05.11.2026 Олис овуллардаги мактабларда «Китобхон ёшлар» клублари ташкил этилади ▶ Олис овуллардаги мактабларда «Китобхон ёшлар» клублари ташкил этилади 04.11.2026 Йўлларнинг қиш мавсумига тайёрлиги жойида ўрганилди ▶ Йўлларнинг қиш мавсумига тайёрлиги жойида ўрганилди 04.11.2026 Амударё туманида ҳарбий прокуратура сайёр қабули ва меҳнат ярмаркаси ўтказилди ▶ Амударё туманида ҳарбий прокуратура сайёр қабули ва меҳнат ярмаркаси ўтказилди 04.11.2026 Амударё туманида кузги мавсумда 829 минг кўчат экилади ▶ Амударё туманида кузги мавсумда 829 минг кўчат экилади 03.11.2026 Амударё туманида маънавий-маърифий ишлар самарадорлиги, мавжуд муаммолар муҳокама қилинди ▶ Амударё туманида маънавий-маърифий ишлар самарадорлиги, мавжуд муаммолар муҳокама қилинди 02.11.2026 ҲАРБИЙ ХИЗМАТЧИЛАР УЧУН КАСБ-ҲУНАР ТАЪЛИМИ КУРСЛАРИ ЯКУНЛАНИБ, СЕРТИФИКАТЛАР ТАНТАНАЛИ ТОПШИРИЛДИ ▶ ҲАРБИЙ ХИЗМАТЧИЛАР УЧУН КАСБ-ҲУНАР ТАЪЛИМИ КУРСЛАРИ ЯКУНЛАНИБ, СЕРТИФИКАТЛАР ТАНТАНАЛИ ТОПШИРИЛДИ 02.11.2026 Қонунчиликдаги аёллар ва болалар ҳуқуқлари ҳимоясига оид нормалар тушунтирилди ▶ Қонунчиликдаги аёллар ва болалар ҳуқуқлари ҳимоясига оид нормалар тушунтирилди 31.10.2026 Аҳолига сифатли ичимлик суви етказиб бериш борасидаги камчиликлар бартараф этилмоқда ▶ Аҳолига сифатли ичимлик суви етказиб бериш борасидаги камчиликлар бартараф этилмоқда 31.10.2026 Жажжи экологлар табиатни асраш бўйича дастлабки тушунчаларга эга бўлишди ▶ Жажжи экологлар табиатни асраш бўйича дастлабки тушунчаларга эга бўлишди 31.10.2026 10 ой давомида Қорақалпоғистон бўйича 39 та ҳолатда ичимлик суви кўрсаткичлари белгиланган талабларга жавоб бермаслиги аниқланди ▶ 10 ой давомида Қорақалпоғистон бўйича 39 та ҳолатда ичимлик суви кўрсаткичлари белгиланган талабларга жавоб бермаслиги аниқланди 30.10.2026 1-сонли мактабда Ўзбек тили байрами нишонланди ▶ 1-сонли мактабда Ўзбек тили байрами нишонланди 26.10.2026 «Сен истеъдодлисан» кўрик-танловининг туман босқичи ўтказилди ▶ «Сен истеъдодлисан» кўрик-танловининг туман босқичи ўтказилди 20.10.2026 9 ёшли болалар папиллома вирусига қарши эмланмоқда ▶ 9 ёшли болалар папиллома вирусига қарши эмланмоқда 20.10.2026 Фанлар олимпиадасининг туман босқичи бошланди ▶ Фанлар олимпиадасининг туман босқичи бошланди 19.10.2026 Амударё туманидаги 56-сонли умумтаълим мактаби “Жасорат синфи” ўқувчиларининг тантанали ваъда бериш тадбири ўтказилди ▶ Амударё туманидаги 56-сонли умумтаълим мактаби “Жасорат синфи” ўқувчиларининг тантанали ваъда бериш тадбири ўтказилди 16.10.2026 Томорқалардан самарали фойдаланиш аҳоли даромадини оширмоқда ▶ Томорқалардан самарали фойдаланиш аҳоли даромадини оширмоқда 13.10.2026 Амударёда ёшларнинг касбий таълими ва бандлиги масалалари ўрганилди ▶ Амударёда ёшларнинг касбий таълими ва бандлиги масалалари ўрганилди 13.10.2026 Спорт лигаси туман босқичида техникум ўқувчилари ғолиблари аниқланди ▶ Спорт лигаси туман босқичида техникум ўқувчилари ғолиблари аниқланди 12.10.2026