Ҳаял-қызлар ҳуқықларының кемситилиўиниң барлық формаларына шек қойыў
Ɵзбекстан Республикасында ҳаял-қызлардың ҳуқықый қорғаўын белгилеўши нызамшылық қатарына Ɵзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым ҳəм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамы болып есапланады.
Зорлық, бул ҳаял-қызларға қарата физикалық, руўҳый, жынысый ямаса экономикалық тəсир ɵткизиў ямаса бундай тəсир ɵткизиў шараларын қоллаў менен қорқытыў арқплы олардың ɵмири, ден-саўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абирайы, қəдир-қымбаты ҳəмде нызам менен қорғалатуғын басқа ҳуқықлары ҳəмде еркинликлерине тəсир ететуғын нызамға муўапық болмаған ҳəрекет (ҳəрекетсизлик)те сəўлеленеди.
Ɵзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым ҳəм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамында зортықтың тɵрт түри белгиленген:
- Руўҳый зорлық
- Физикалық зорлық
- Жынысый зорлық
- Экономикалық зорлық
Басым ҳəм зорлықтан қорғаў дегенде, ҳаял-қызлардың ɵмири, ден-саўлығы ушын пайда болған қəўипти сапластырыў, тезлик пенен ис-илажларды кɵриўди талап ететуғын турмыслық жағдайлар жүз бергенде ҳаял-қызлардың қəўипсизлигин тəмийинлеў, сондай ақ, жəбиркешке қарата басым ɵткизген ҳəм зорлық ислеген шахстың тəкираран нызамсыз ис-ҳəрекетлерине жол қоймаў мақсетинде экономикалық, социаллық, ҳуқықый, ҳɵлкемлестириўши, психологиялық ҳəм басқада формадағы кешиктирип болмайтуғын ис-илажлар системасы түсиниледи.
Сондай ақ, бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳəм зорлықтан жəбирлениўшиге, ҳаял-қызларға басым ɵткизирп атырған ямаса оларға қарата зорлық ислеген шахсқа ямаса бир топар шахсларға қарата белгиленген тəсир шараларын қолланыўына себеп болатуғын ҳүжжет түсиниги кирип келди.
Қорғаў ордерин бериў ишки ислер уйымларының ўəкиллиги болып есапланады.
Ишки ислер уйымлары басым ҳəм зорлық ҳаққындағы аўызеки ямаса жазба хабар алғанда бундай ҳəрекетлерге шек қойыў ҳəм олардың алдын алыў жүзесинен кешиктирип болмайтуғын жеке тəртиптеги ис-илажларды кɵриўи шəрт.
Жоқарыда кɵрсетилгенлерден жуўмақластырып айтатуғын болсақ, бул нызам ҳаял-қызлардың ҳуқықын əмелде тəмийинлеўде нəтийжели хызмет етпекте деп есаплаймыз.
Ж.Аймаганбетова, Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик суды судьясы

▶