Пуқараның нызамлы ҳуқықлары суд арқалы қорғалды
Арза бериўши жуўапкер Елликқала районы ҳәкимлигине қарата, Елликқала районы ҳәкимлигиниң 2021-жыл 27-апрель күнги шешимин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы арзасы менен судқа мүрәжәәт еткен.
Суд тәреплердиң судтағы түсиндирмелерин, ис материалларын үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре, арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Себеби, арза бериўши Елликқала районы ҳәкимлигине арза менен мүрәжәәт қылып, “YOSHLAR KELAJAGIMIZ” мәмлекетлик дәстүри тийкарында Елликқала районы, Елликқала АПЖ аймағынан халыққа хызмет кѳрсетиў объектлерин қурыў ушын жер орын ажыратыўды соранған.
Елликқала районы Жаслар исбилерменлигин раўажлантырыў бойынша район комиссиясының 2019-жыл 1-август кунги жыйналыс баяннамасына тийкар арза бериўшиге жеке кәрхана офиси, қоймахана, суўытқыш, автотех, ислеп шығарыў цехларын қурыў ушын 2 гектар жер участкасы Елликқала АПЖ аймағынан туўрыдан туўры сәўбетлер арқалы жер участкасын ажыратып бериўге рухсат етилген.
2019-жыл 16-сентябрь күни Елликқала районы ҳәкимлиги жанындағы жер участкаларын бериў (реализация қылыў) мәселелерин кѳрип шығыў бойынша дүзилген комиссия тәрепинен акт дузилип, бул актке тийкар комиссия усы жер участкасы қурылыс ҳәм саниатария талапларына жуўап беретуғынлығы баян етилип, актти тастыйықлаў ушын район ҳәкимлигине усыныс етиў белгиленген.
Елликқала районы ҳәкимлигиниң 2019-жыл 18-сентябрь күнги қарары менен арза бериўшиге районы ҳәкими атына халыққа хызмет кѳрсетиў объектлары қурылысы ушын жер участкасын ажыратып бериўди соранған арзасы қанаатландырылып, арза бериўшиге Елликқала АПЖ аймағынан аўыл хожалығында пайдаланбайтуғын басқа жерлер ажыратып берилген.
Елликқала районы прокурорыныӊ 2021-жыл 20-апрель күнги
протестине тийкар Елликқала районы ҳәкимлигиниң
2019-жыл 18-сентябрь күнги қарарын бийкар қылыў ҳаққында протести келтирилген.
Усы протестте ажыратылган жер участкалары Ѳзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 8-статьясының талаплары, яғный усы Кодекстиң 9-статьясы тәртибинде жерлердижер фондының бир тайыпасынан басқасын ѳткериў ислери әмелге асырылмастан, нызамға қайшы рәўиште объект қурыў ушын берилгенлиги кѳрсетилген.
Елликқала районы ҳәкимлигиниң 2021-жыл 27-апрель күнги
қарары менен Елликқала районы хәкиминиӊ 2019-жыл
18-сентябрь күнги шешими бийкар етилип, район резерв фондына қайтарыў ҳаққында қарары шығарылған.
Елликқала районы ҳәкимлиги тәрепинен 2021-жыл 27-апрель күнги
қарарын қабыл етиўде бир неше нызам бузыўшылыққа жол қойғанлығы анықланды.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик тәртип-процедуралары ҳаққындагы Нызамының 9-статьясына тийкар, ҳәкимшилик уйымы мәпдар шахсқа ҳәкимшилик ҳүжжетти қабыл қылыў ушын әҳмийетке ийе болған барлық жағдайлар жүзесинен өз пикирин билдириў имканиятын бериўи шәрт.
Усы Нызамның 16-статьясына тийкар, ҳүжданан ҳәрекет қылыўшы мәпдар шахслардың ҳәкимшилик ҳүжжетке болған исеними нызам менен корғалады.
Ҳәкимшилик уйымлар мәпдар шахслардың жүзеге келген ҳәкимшилик әмелият пенен байланыслы болған нызамлы күтилген нәтийжелерин ҳүрмет кылыўы шәрт. Жүзеге келген ҳәкимшилик әмелияттың өзлестириўи жәмийет мәплери менен ақланған болыўы, улыўма әҳмийетке ийе ҳәм бийқарар болыўы керек.
Нызамның 18-статьясына көре, ҳәкимшилик уйым исти дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған барлық ҳақыйқый жағдайларды ҳәр тәреплеме толық ҳәм ҳақақыный тексериўи шәрт.
Зәрүр болғанда, ҳәкимшилик уйым мәпдар шахслар тәрепинен тәқдим етилген дәлиллер менен шекелнип қалмастан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өз басламасы менен қосымша қосымша дәлиллер жыйнаўға ҳақылы.
Елликқала районы ҳәқимлиги тәрепинен Нызам талапларын қопал раўиште бузған ҳалда жоқарыда атап өтилген нызамға қайшы ҳәрекетлери менен Елликқала районы ҳәкиминиң 18.09.2019-жылғы қарарын бийкар қылыўға тийкар болған район прокурорының протестин орынлаў тийкарында қарар қабыл қылған.
Бирақ, район ҳакимлиги район прокурорының 20.04.2021-жылдағы протестине тийкарланып, усы протест көрип шығылып атырғанлығы ҳаққында тийисли тәртипте барлық мәпдар уйымлар, соның ишинде район прокуратурасы, арза бериўши ҳәмде үшинши шахслар алдынан ескертилместен, иске қатнастырылмастан, ис ушын әҳмийетке ийе болған барлық ҳақыйқый жағдайлар толық ҳәм бийғәрез тексерилместен, арза бериўшиниң районы ҳәкиминиң 2019-жыл 18-сентябрь күнги қарарына болған исенимин қорғаў мақсетин гөзлеўден шетке шығып, мүлк ҳуқуқын белгилеў ҳаққындағы қарары жүзесинен күтилген нәтийжелерди ҳүрмет қылмай, зәрүр болғанда, ҳәкимшилик уйымы мәпдар шахслар тәрепинен тәқдим етилген дәлиллер менен шекленип қалмастан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өз басламасы менен қосымша дәлиллер жыйнамай, пикир билдириў имканиятына ийе бола турып, мәселени шешиўде мәжилисте оның қатнасыўын тәмийенлеместен, арза бериўшиге яки оның ўәкилине мәжилисте өз пикирин билдириў имканиятын бермеген.
Бул өз гезегинде ҳәкимлик Нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған Елликқала районы ҳәкимлиги тәрепинен 2021-жыл 27-апрель күни
қарарын қабыл етип арза бериўшиниң ҳукықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплери қопал рәўиште бузылған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Жер кодексин қолланыўда суд әмелиятында жүзеге келетуғын айырым мәселелер ҳаққында»ғы 2006-жыл 3-февраль күнги 3-санлы Қарарының 14-бәнтинде “Жер участкасына болған ҳуқықларды бийкар қылыў ҳаққындағы даўларды ҳал қылыўда, судлар бундай ҳуқықлар тек ғана Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 36-статьясында көрсетилген жағдайларда бийкар қылыныўына итибар қаратыўлары лазым. Өзбекстан Республикасы Жер кодекси 36-статьясы 1-бөлиминиң 6-11-бәнтлери тийкарында жер участкаларын алып қойыў ҳаққындағы ўәкалатлы уйымлар қарарлардың нызамлы ҳәмде тийкарлылығы мәселесин ҳал қылыўда, суд олар тәрепинен усы кодексиниң 38-статьясы талабларына әмел қылынғанлығы жағдайына баҳа бериўи лазымлығы көрсетилген.
Бирақта, усы жер участкасын Елликқала районы ҳәкимлиги тәрепинен районлық жер фондына қайтарып алынатуғынлығы ҳаққында арза бериўшиге ескертиў хатлары жиберилместен, жер учтаскасын алып қойыў ҳаққында усыныс киритилместен нызам талапларына әмел қылынбастан, Елликқала районы ҳәкиминиң қарарды бийкар етиў ҳаққындағы қарары қабыл етилген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 12-статьясына кѳре мәмлекетлик уйымлардың яки пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымының нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған ҳәмде пуқараның яки юридик шахстың пуқаралық ҳуқықларын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузатуғын ҳүжжети суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.
Суд ҳүжжетти ҳақыйқый емес деп тапқан тәғдирде, бузылған ҳуқық усы Кодекстиң 11-статьясында нәзерде тутылған усылларда қорғалыўы керек.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик тәртип-процедуралары ҳаққындагы Нызамының 19-статьясына көре, ҳәкимшилик ҳүжжетлер ҳәм ҳәкимшилик ҳәрекетлер Ҳәкимшилик тәртип-процедураларының принциплерине муўапық болыў керек.
Ҳәкимшилик тәртип- процедуралары принциларына сәйкес келмейтуғын ҳәкимшилик ҳүжжетлердиң ҳәм ҳәкимшилик ҳәрекетлердиң бийкар қылыныўына яки қайта көрип шығлыўына алып келинеди деп көрсетилген.
Нызамның 59-статьясына тийкар ҳәкимшилик ҳүжжет мәпдәр шахстың арзасы яки ҳәкимшилик шағымға тийкар ҳәкимшилик ҳүжжетти қабыл қылған ҳәкимшилик уйым, жоқары турыўшы ҳәкимшилик уйым тәрепинен соның менен бирге нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда басқа уйымлар тәрепинен де бийкар қылыныўы яки өзгертилиўи мүмкин.
Ҳәкимшилик ҳүжжет нызамда белгиленген тәртипте суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексиниң 189-статьясында «Суд үстинен шағым қылынып атырған қарар яки оның айырым бөлимлери яки ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлик) нызамшылыққа қарсы екенлигин ҳәмде арза бериўшиниң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузып атырғанлығын анықласа, қарарды яки оның айырым бөлимлерин ҳақыйқый емес яки ҳәрекетлерди (ҳәрекетсизликти) нызамсыз деп табыў ҳаққында ҳал қылыў қарары қабыл етеди»деп белгиленген.
Сонлықтан суд, жоқарыдағыларға тийкар Елликқала районы ҳәкиминиң 2021-жыл 27-апрель күнги қарарын ҳақыйқый емес деп табыўды, келтирилген шағым арзаны қанаатланып, арза бериўшиниң нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәмде мәплери суд тәртибинде тикленди.
А.Салиев, Нѳкис районлар аралық ҳакимшилик суды судьясы

▶