Ҳǝкимшилик судлардың 2022-жыл август айындағы искерлигинен
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен 2022-жыл август айында ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде олардың лаўазымлы шахсларының қарарлары, ҳәрекетлери бойынша жәми 60 ис көрилген болып, соннан 26 ис бойынша пуқаралардың мүрәжәәтлери қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.
Соннан, 28 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли, арзалар қанаатлантырылмастан қалдырылды, 6 ис өндиристен қысқартылған.
Көрип тамамланған ислерди иске жуўапкер сыпатында қатнастырылған ҳәкимшилик уйымлар кесиминде алып қарайтуғын болсақ, 15 ис бойынша жергиликли ҳәкимликлер, 20 ис бойынша Бюджеттен тысқары пенсия қорының район (қала) бөлимлери, 1 ис бойынша Ишки ислер уйымлары, 4 ис бойынша мәмлекетлик салық комитети уйымлары, 5 ис бойынша мәмлекетлик кадастр агентлиги, 11 ис бойынша Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы район (қала) бөлимлери, 1 ис жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус хәм 3 ис бойынша басқа уйымлар қарарлары ҳәмде олар лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен берилген арзаларға тийкар көрип шығылған.
Көрип тамамланған ислерден 11 ис, яғный 18,3 пайыз ислер көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған.
Суд искерлигине заманагөй технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде 20 ис, яғный 33,3 пайыз ис пуқаралар судқа келместен видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген суд мәжилислеринде көрип шығылған.
Жол қойылған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў, алдағы ўақытлары болдырмаў мақсетинде тийисли уйымларға 22 жағдайда айрықша уйғарыўлар шығарылып, орынлаў ушын жиберилген.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының апелляция инстанциясында 2022-жылдың август айында жәми 14 ғалаба ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын арзалар бойынша ислер көрилген.
Соннан, 11 ис бойынша суд қарарлары өзгериссиз қалдырылған, 3 ис бойынша суд қарары бийкар етилген. Жол қойылған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў, алдағы ўақытлары болдырмаў мақсетинде
1 жағдайда айрықша уйғарыў шығарылып, тийисли уйымларға орынлаў ушын жиберилген. Жуўмақлап айтқанда, мәмлекетимизде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын нәтийжели қорғаўда ҳәкимшилик судлардың ролин күшейтириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар белгиленген мақсетлердиң әмелге асырылыўы ҳәмде инсан мәплериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Р.Худайберганова, Қарақалпақстан Республикасы ҳǝкимшилик суды судьясы

▶