12.08.2026
Тил Oʻz Qq Жазыў Кирилл Lotin
Reklama banneri
Ҳәрип өлшеми Реңк Сүўретлер
12.08.2026, 23:17
Жәмийет 👁 319

ПАРА БЕРИЎГЕ ҚЫЗЫҚТЫРЫП, АЛДАДЫ

ПАРА БЕРИЎГЕ ҚЫЗЫҚТЫРЫП, АЛДАДЫ

Жумабек Махсудов (исимлер өзгертилди) өзиниң қылмыс исине II топар майыплығы бар әкесин де араластырды. Лекин, әкеси дәслебинде нениң-не екенлигин түсинбеген еди.

Бир күни районлық газ тәмийнаты кәрханасында слесарь болып ислеп жүрген Жумабектен оның танысы Сарвар “Темир жолларда көпир қурыў отрядында танысың жоқ па. Бир ағайиним жумысқа кирмекши еди” деп сорап қалды. Ойына дәрҳал алдап, пул табыў нийети келген Жумабек “Бир таныслар бар еди, илажлап көремиз” дейди. Соң Сарвар ағайини Фазылға бул хабарды айтып, бәрин өзи сөйлесиўи ушын Жумабектиң телефон номерин береди. Кейин ала Фазыл Жумабек пенен ушырасады. Жумабек онда гүман туўғызбаў ушын сол кәрханада жуўапкерли жумыста ислейтуғын танысы арқалы пара есесине жумысқа киргизе алатуғынлығын айтып, оны пара бериўге ийтермелейди. Соң сол “жуўапкер хызметкер” менен сөйлесиў ушын алдап, әкесиниң телефон номерин береди ҳәм қашан қоңыраў етиў кереклигин де айтып кетеди.

Белгиленген ўақытта Фазыл жумыс мәселесинде “кәрханада жуўапкерли хызметкер”ине қоңыраў етеди. Сонда Жумабек бул Фазыл екенин билип, өзиниң даўысын танып қоймаўы ушын телефонды әкесине береди. Соң оның жанында отырып, қандай гәплерди сөйлеўин әкесине сыбырлап айтып отырады. Баласының айтқан гәплерин телефонға қайталап отырған әкеси дәслебинде нениң-не екенлигин түсинбейди. Кейин ала жумысқа киргизиў ушын “6 млн. сум пулды, қай жерге алып келиў кереклиги” ҳаққындағы сөзлерден кейин, бул истиң қыңыр екенлигин сезеди. Ол баласын бул жолдан қайтармақшы да болады. Лекин, Жумабек “исти писирип” болғанын, ҳеш нәрсе болмайтуғынын билдирип, айтқанынан қайтпайды.

Сол аралықта Фазыл телефон сөйлесиўлеринен гүманланып, Өзбекстан темир жоллары АЖ көпир қурыў кәрханасына өзи барып, жумыс сорап келгенин билдирип, кәрхананың жуўапкер хызметкерине хабарласады. Кеше телефонда жумыс мәселесинде сөйлескен адамы бул жерде ислемеслиги, оны алдамақшы болғанлығын билип, ҳуқық қорғаў уйымына хабарласады.

Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен оператив илаж шөлкемлестирилип, Фазыл Жумабектиң айтқан жерине 6 млн. сумды алып келеди. Өзиниң автомашинасында келген Жумабек пулды алып, автомашинасының бардачогине салған ўақытта ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери келип, жынаят үстинде иркиўге алады...

  Бул ҳалат бойынша Жумабек Махсудовтың қарсысына жынаят иси қозғатылып, ол суд тәрепинен тийисли жазаға ҳүким етилди.

Саламат ДӘЎЛЕТМУРАТОВ, Аралбойы транспорт прокуроры.