Жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға бағышланған ушырасыў болып өтти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен жылы 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасын коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў, жынаятларды жылаўлаў, жынаяшылық профилактикасын буннан былай да жеделлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен өткен жылдың 12-ноябрь күни «Жол картасы» тастыйықланды.
«Жол картасы»ның 11- ҳәм 24-бәнтлериниң орынланыўын тәмийинлеў, «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни»нде халықты сергекликке шақырыў, пуқаралар арасында жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға бағышланған ушырасыў болып өтти.
Онда Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының судьясы Қ.Қыпшакбаев бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, бунда пуқаралар жыйынлары баслықлары менен аймақ белсендилериниң, профилактика инспекторларының ўазыйпаларына тоқтап өтти. Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы биргеликте жумыс алып барыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Усы мазмундағы ушырасыў Әмиўдарья районындағы "Боз сув", "Дурмон" "Қараман", "Қиличбой", "Қипчоқ", "Тўлқин", "Холимбег", "Оқ олтин", ҳәм «Буз ёп» аўыл пуқаралар жыйынларында да болып өтти.

▶