12.08.2026
Тил Oʻz Qq Жазыў Кирилл Lotin
Reklama banneri
Ҳәрип өлшеми Реңк Сүўретлер
12.08.2026, 23:23
Жәмийет 👁 1,350

Қанлыкөл районында халыққа ҳәм социаллық тараў объектлерине көмир ҳәм көмир брикети тарқатылды

Қанлыкөл районында халыққа ҳәм социаллық тараў объектлерине көмир ҳәм көмир брикети тарқатылды

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-июнь күнги «Республика экономикасы ҳәм социаллық тараўларды 2017-2018-жыллары гүзги-қысқы мәўсиминде турақлы ислеўге комплекс таярлаўды тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары халқымыздың қысқы дәўириндеги жумысларды алдын ала әмелге асырыўға қаратылған.

Қарар негизинде Қанлыкөл районындағы жумыс алып барып атырған социаллық объектлердиң гүзги-қысқы дәўирин қыйыншылықсыз өткериў мақсетинде, район аймағындағы районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплери менен мектепке шекемги билимлендириў мекемелери ҳәм медициналық хызмет көрсетиўши мекемелерге сапалы көмир ҳәм көмир брикетин жеткерип бериў жумыслары әмелге асырылды.

Жумыслар барысында, Қанлыкөл районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы, 23 улыўма билим бериў мектеплери менен 11 мектепке шекемги билимлендириў мекемесине жәми 227 тонна қатты жанылғы (145 тонна көмир, 82 тонна көмир брикети) өними жеткерилип берилди. Сондай-ақ, район орайындағы көп тармақлы поликлиника ҳәм медицина бирлеспеси менен аўыллық шыпакерлик пунктлерине жәми 5 тонна қатты жанылғы (көмир ҳәм көмир брикети) өнимлери тарқатылды.

Соның менен бирге, район халқының қыс мәўсимин кеўилдегидей өткериў ушын  1 тонна көмир ушын 146 400 сўм, ал көмир брикети ушын 238 000 сўм етип белгиленген баҳада қатты жанылғы өнимлери жеткерип берилмекте.