12.08.2026
Тил Oʻz Qq Жазыў Кирилл Lotin
Reklama banneri
Ҳәрип өлшеми Реңк Сүўретлер
12.08.2026, 23:16
Жәмийет 👁 358

Жерге байланыслы нызамлардыӊ ашықлығын тәмийинлеўши нызам ҳүжжетлер

Жерге байланыслы нызамлардыӊ ашықлығын тәмийинлеўши нызам ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл  
8-июнь куни «Жер қатнасықларында теӊлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықты қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў ҳаққында»ғы ПФ-6243-санлы Пәрманына муўапық 2021-жылдыӊ 1-августтан баслап:

 -жер участкалары жеке секторга-мүлк ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында, мәмлекет уйымлары, мекемелер, кәрханалар, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымларына-турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажратыў;

- мийрас етип қалдырылған өмирлик ийелик, турақлы ийелик, ўақтынша пайдаланыў ҳуқықы менен жер ажыратыў тәртиби бийкар қылыныўы, бунда илгери ажратылған жер участкаларына болған бундай ҳуқықлар олардыӊ ийелеринде әмелдеги тәртип сақлап қалыныўы;

- аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация қылыныўы;

-мәмлекет мекемелерине жер участкалары мәмлекет ҳәм жәмийет ықтияжлары ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенеси, ўәлиятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлариниӊ қарары менен турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылыўы;

- барлық жағдайларда жер участкалары тек бос турған ҳәм резерв алынған жерлерден ажратылыўы, сол бир ҳужжет менен яки бир ўақыттыӊ өзинде жер участкасына алып қойыў, резерв алыў, басқа шахсқа ажратыў жер бериў тәртибин бузыў есапланады ҳәм нызамға муўапық жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болыўы;

- көп қабатлы уй жайларға ҳәм оған тутас жер участкасы, егер көп қабатлы жайдағы уйлер мүлк ийелерине басқа ҳуқық пенен тийисли болмаса, оларға улыўма пайдаланыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлиятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлари тәрепинен турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажратылыўы нәзерде тутылған.

Сондай-ақ усы пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасыныӊ айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов