12.08.2026
Тил Oʻz Qq Жазыў Кирилл Lotin
Reklama banneri
Ҳәрип өлшеми Реңк Сүўретлер
12.08.2026, 23:17
Жәмийет 👁 182

Ҳүрметли пуқаралар ҳәм исбилерменлер!!!

Ҳүрметли пуқаралар ҳәм исбилерменлер!!!

«Ўзбекистон почтаси» АЖ тәрепинен жергиликли ислеп шығарыўшылардың товарларын онлайн сатыў ҳәм клиентлерге жеткерип бериў имкәниятын бериўши электрон саўда дүканы ашылғанлығын хабарлаймыз.

Миллий онлайн саўда дүканынан (майданшасы) товарларды сатып алыў яки товарларды жайластырыў Unisavdo.uz сайты арқалы әмелге асырылады.

Исбилерменлик субъектлери өз товарларыңызды онлайн электрон саўда майданшасына жайластырыўды қәлесеңиз «Ўзбекистон почтаси» АЖ Қарақалпақстан филиалы менен шәртнама дүзип Unisavdo.uz сайтына бийпул жайластырыўыңызға болады.

Ҳәзирги ўақытта Unisavdo.uz сайтында Республикамыздың исбилерменлери тәрепинен 7000 ға жақын ҳәр түрдеги товарлар ҳәм буйымлар жайластырылған. Республикамыз пуқараларын Өзбекстан миллий онлайн саўда дүканынан қәлеген товарларын ҳәм буйымларын Unisavdo.uz сайты арқалы сатып алыўға мирәт етемиз.

Мүрәжат ушын телефонлар: (61) 222-96-61, (61) 222-08-80, (99) 500-66-63.

 “Ўзбекистон почтаси” АЖ Қарақалпақстан филиалы администрациясы.